Бул ҳаққында Иран ғалаба хабар қураллары сыртқы сиясат уйымының билдириўине тийкарланып хабар бермекте, деп жазбақта Report.
Усы мүнәсибет пенен Иран БМШ Қәўипсизлик Кеңеси ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлерди адам өлтириўге байланыслы шахсларды жуўапкершиликке тартыўға шақырды.
"Бундай түрдеги терактлар Иран миллетиниң қәўипсизликти сақлаў ҳәм миллий мәплерди қорғаў мәселелериндеги қатаң ерк-ықрарына зыян жеткермеўи менен бирге, халық ҳәм рәсмийлердиң өз ўатанын қорғаўға болған исенимин бир неше есеге арттырады", делинеди билдириўде.
Бурынырақ Иран ғалаба хабар қураллары Ларижонийдиң қайтыс болғанын тастыйықлаған еди. Оның менен бирге баласы Мортаза Ларижоний, сондай-ақ, Жоқары миллий қәўипсизлик кеңеси хаткери қорғаў хызметиниң баслығы Сардор Нежад да қайтыс болды. Бүгин жерлеў мәресими күтилмекте.