Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги пуқараларды АҚШтағы миграция хызметиниң күшейтилген тексериўлери ҳаққында хабардар етеди

    28 қараша 2025 542

    Соңғы күнлерде АҚШ федерал миграция уйымлары мәмлекеттиң барлық аймақларында кең көлемли рейдлер өткермекте. Тексериўлер федерал магистралларда өткерилип, миграция нызамшылығының бузылыўын анықлаўға қаратылған.

    Онда төмендеги тәреплерге айрықша итибар қаратылады:

    айдаўшылық гүўалықларының ҳақыйқый екенлиги;

    ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети ҳәм нызамлылығы;

    жумыс ислеў ҳуқықы ҳәм тастыйықланған миграция статусының бар екенлиги;

    айдаўшылардың инглис тилин билиў дәрежеси.

    Илажлардың күшейтилиўи АҚШтың нызамсыз миграцияға қарсы гүресиў сиясаты менен байланыслы. Рейдлер даўамында бир неше айдаўшылық гүўалығынан пайдаланыў ҳәм терроризмге байланыслы деп гүман етилген шахсларды услаў жағдайлары анықланған.

    Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасы пуқараларды:

    барлық ҳүжжетлерди тәртипке келтириў;

    нызамлы миграция статусының тастыйықланыўы барлық ўақытта өзи менен болыўы;

    тартыслы ямаса қәўетерли жағдайлар жүзеге келгенде Өзбекстанның дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелерине тезлик пенен мүрәжат етиў.

    Бул усынысларға әмел етиў миграция уйымлары менен машқалалардың алдын алыўға ҳәм сырт елдеги пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге жәрдем береди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates