Турмысымызға мәнис-мазмун алып кириўши тынышлық-татыўлық сыяқлы жемислердиң қәдирине жетиў, шүкиршилик етиў, Ўатан тынышлығын қәстерлеп сақлаў бәршемиздиң парыз ҳәм ўазыйпамызға айланған. Буны, әсиресе, ел қорғаўшысы деген мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли кәсипти таңлаған әскерлеримиз және де терең аңлайды.
Бир неше күннен берли байрамлап атырғанымыз - Ўатан қорғаўшылары күни сәнеси тек ғана әскерий хызметкерлер емес, ал ҳәзирги ўақытта армия қатарларында өз миннетин атқарып қайтқан ўатанласларымыз ҳәм ертең хызметке таяр турған мыңлаған нәўқыран жигитлеримиз байрамы. Оның үлкен салтанат пенен белгилениўи халқымыздың өз миллий армиясына болған шексиз ҳүрметин, алп жигитлерге болған мақтанышын билдиреди. Сондай-ақ, бул елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық-татыўлық ҳәм турақлылық нәтийжеси болып есапланады.
Дана халқымыздың "Журттың қорға - елиң өсер, қорғамасаң - үйиң тозар", деген нақылы бар. Ўатанды қорғаў, оны көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаўға усы ел перзентимен деген ҳәр бир ўатанласымыздың парызы дедик. Себеби, инсанның өз халқына садықлығы ҳәм пидайылығы ана Ўатанды қорғаўы, елдиң раўажланып, ҳәр тәреплеме беккем ҳәм қүдиретли болыўына және халқының тыныш ҳәм абадан турмыс кешириўине имканият дәрежесинде үлес қосыўы менен өлшенеди.
Дүнья жүзинде ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер, қураллы соқлығысыўлар барған сайын ҳәўиж алып атырған оғада қыйын жағдайда Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын, әскерий хызметкерлердиң физикалық ҳәм руўхый таярлығын арттырыў ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Кейинги жылларда алып барылып атырған кең көлемли реформалар себепли Қураллы Күшлеримиз мәмлекетимиз ғәрезсизлиги, шегараларымыздың қол қатылмаслығы, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеўдиң ҳақыйқый кепилине айланды. Барлық әскер түрлери заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника менен тәмийинленбекте. Әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик ҳәм руўхый таярлығы үзликсиз артып бармақта. Миллий армиямыз жасларымыз ушын мәртлик ҳәм абырай мектебине айланбақта. Ең әҳмийетлиси, халық пенен армия барған сайын жақынласып атырғаны әскерий тараўдың раўажланыўына жаңаша күш ҳәм сапа бағышламақта.
Бүгин ҳақыйқый ўатансүйиўши әўладты тәрбиялаў әҳмийетли мәселелерден бири. Мәмлекетимиздиң раўажланыўын, халқымызды және де бирлестирген Үшинши Ренессансты елимизди шын жүректен сүйген, оның тәғдирин өз тәғдири деп билген пидайы ҳәм ўатансүйгиш инсанлар ғана тәмийинлей алады.
Бүгин көплеген ата-аналар перзентиниң Темурбеклер мектебинде билим алыўын, әскер болып, Ўатанына шын кеўилден хызмет етиўин қәлейди. Бул жаңаланып атырған ҳәм абадан Өзбекстанға муҳаббат, оның кеңпейил халқына садықлықтың дәлили болып есапланады. Себеби, әскерлердиң қәлбинде халыққа, ўатанға муҳаббат сезими қаншелли күшли болса, халық та оларға соншелли жақын болады. Әсиресе, әтирапымызда тынышсызлық ҳүким сүрип атырған усы қәўетерли күнлерде адамларымыз барлық арзыў-нийетлерин, ертеңги күнин миллий армиямыз ҳәм оның келешеги менен байланыстырады.
Миллий армия - бизиң мақтанышымыз! Оның қүдиретин көрсетип турған мәрт ҳәм батыр улларымыз күни-түни сергек турып, мәмлекетимиз шегараларын қорғап атырғанын, халқымыздың абаданлығы жолында жанларын да бериўге таяр турғанын бәршемиз жүректен сезиниўимиз керек.
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери Жоқары Бас Сәркардасы тәрепинен алға қойылып атырған идеялар, пикир-усыныслардың мазмун-мәниси жас әўлад тәлим-тәрбиясының қаншелли әҳмийетли мәселе екенин атап өтеди. Бүгинги жасларымыз мине усы Ўатан, усы муқаддес топырақтың ертеңги ийелери екенин кеўиллеримизге тереңирек сездиреди.
"Бүгинги күнде нәўқыран әўладымыз арасында әскерий хызметке қызығыўшылық күшейип, мыңлаған жигит-қызларымыз Ўатан қорғаўына исенимли бел байлап атырғаны бәршемизди шексиз қуўандырады. Биз мине усындай жигерли перзентлеримиз тымсалында болажақ қаҳарманларымыз, Қураллы Күшлеримиздиң болажақ офицер ҳәм генераллары, шебер сәркардаларды көремиз".
Өткен жылы тап усы күнлерде мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўында айтылған жоқарыдағы теңеўлер де бәршемизде билдирилген оғада үлкен исенимди ақлаў жуўапкершилигин күшейтеди.
Әскерлеримиздиң күш-ғайраты, ел-журтқа садықлығы себепли халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысы тәмийинленбекте, елимиздиң қорғаныў потенциалы беккемленбекте, миллий армиямыздың жаўынгерлик қәбилети жоқарыламақта.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы