Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов шығып сөйлеп, руўхый байлығымыз ҳәм миллий қәдриятларымызды өзинде сәўлелендирген жаңа әҳмийетли китаптың халқымыз нәзерине усынылып атырғаны мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллий қәдриятларымызды қайта тиклеў, тарийхый мийрасларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм келешек әўладқа жеткериў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Мине усындай ийгиликли жумыслар қатарында миллий қәдириятларымызды илимий-методикалық жақтан улыўмаластырып, санластырыў ҳәм халқымызға жеткериў ушын Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен алып барылған илимий излениўлер нәтийжесинде «Миллий қәдириятлар атласы» фундаментал китап-албомы таярланып, баспадан шығарылды. Китап улыўма сегиз бағдарды өз ишине алған болып, ҳәр бир аймақтың өзине тән миллий өзгешеликлери ҳәм қәдириятлары кең түрде сәўлелендирилген.

Әлбетте, бул китаптың баспадан шығарылыўы ана Ўатанымыздың руўхый брендин дүньяға танытыўға хызмет етеди.

Илаж даўамында китаптың мазмуны ҳәм әҳмийетине арнарған видеоролик, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

                                                                  Қарақалпақстан хабар агентлиги.