Онда елимизде жумыс алып барып атырған Workmall, Getwork, Worldbridge, Horizon Work, Bestwill, International Migration Line, Jobbridge, Mirpower, Interwork va The Best Staff сыяқлы оннан аслам жеке меншик бәнтлик агентликлери Германия, Польша, Қубла Корея, Түркия, Япония ҳәм басқа да мәмлекетлердеги қурылыс, өндирис, хызмет көрсетиў, медицина санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы жоқары дәраматлы жумыс орынлары усыныс етти.

– Елимизде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, пуқаралар ушын мүнәсип жумыс орынларын жаратыў, соның ишинде, мийнет миграциясын тәртипке салыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп алынған, – дейди Миграция агентлиги Қарақалпақстан Республикасы филиалы баслығы А.Ачилов. – Бүгин шөлкемлестирилген мийнет ярмаркасы район халқы, әсиресе, сырт елде жумыс ислеў нийетинде болған ўатанласларымыз ушын жаңа имканиятлар есигин ашты. Бул ярмаркалар пуқараларға нызамлы, қәўипсиз ҳәм кепилленген мийнет жумысын жолға қойыўда әҳмийетли роль атқарады. Итибарлы тәрепи сонда, усыныс етилип атырған барлық жумыс орынлары рәсмий мийнет шәртнамалары, нызамлы визалар ҳәм рухсатнамалар, социаллық қорғаў ҳәм мийнет ҳуқықларының кепилликлери тийкарында әмелге асырылады. Бул болса пуқараларымыздың қәўипсиз ҳәм турақлы мийнет етиўин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

Ярмаркада 500 ден аслам пуқара қатнасып, оларға жеке меншик бәнтлик агентликлериниң қәнигелери тәрепинен сырт елде жумыс ислеў шәртлери, мийнет шәртнамалары, виза ҳәм рухсатнамалар, мийнет ҳақы, социаллық кепилликлер және қәўипсизлик мәселелери бойынша анық ҳәм исенимли мағлыўматлар усынылды.

Жеке меншик бәнтлик агентликлери тәрепинен берилген жумыс орынларына 337 пуқара қызығыўшылық билдирип, дизимнен өтти. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға сырт елде жумыс ислеўде нызамшылық, қәўипсизлик, ҳуқықый ҳәм финанслық қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша толық түсиниклер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.