28-сентябрь күни таңғы жағдайда “Brent”
маркасындағы нефть фьючерслери 1,74%ке көтерилип, бир баррель ушын 106,14
долларды қурады, деп жазбақта “Kazinform”.
“WTI” маркалы нефтьтиң баҳасы бир баррель ушын
93,24 долларды қурап, 0,90 процентке қымбатлаған.
Россияның “Urals” нефтиниң баҳасы бир баррель ушын 113,61
долларды қурап, 3,57 процентке көтерилди.
Нефть базарына бир ўақыттың өзинде бир неше факторлар тәсир етеди. Бир
тәрептен, инвесторлар Вашингтон ҳәм Тегеран арасында кескинликтиң кемейиўи ҳәм
Ормуз буғазы арқалы жеткерип бериўдиң тиклениўине алып келиўи мүмкин болған
келисимлердиң перспективаларын баҳаламақта.
Жер жүзинде нефтьтиң баҳасы 25-сентябрьден берли өзгермекте АҚШ ҳәм Иран
ортасында питим болыўы мүмкин. Соның менен бирге, базар қатнасыўшылары Жақын
Шығыстан шийки зат жеткерип бериўдеги үзилис қәўиплерин бақлаўда даўам етпекте.
Еслетип өтемиз,
25-сентябрь күни Иран АҚШ пенен келисим дүзиўге таяр екенин мәлим еткен еди.
Соның менен
бирге, Иран АҚШ пенен сөйлесиўлерди қайта тиклеўге таяр екенин билдирди, бирақ
сол ўақыттың өзинде жаңа әскерий келиспеўшиликти бийкарламайды. Сондай-ақ,
Тегеран Ормуз буғазын ашыўға таяр болған шәртлерди айтты.