Болып өткен сөйлесиўлер ўақтында Египет компаниясы тәрепинен Жиззақ ўәлаятында қант ләблебисин жетистириў ҳәм қант ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыўға байланыслы мәселелер додаланды, деп хабар бермекте "Дунё" ХА.
Тәреплер бул перспективалы жойбар бойынша инвестициялық шәртнамаға қол қойыў мақсетинде усы ҳүжжеттиң тексти, онда көрсетилетуғын әҳмийетли бәнтлер ҳәм келисимлер бойынша пикир алысты.
Шәртнама жойбарын тийисли қәнигелер ҳәм юристлер тәрепинен үйренип шығыў ҳәм бирден-бир келисимге ерисиў мақсетинде жақын күнлерде қосымша онлайн сөйлесиўлер өткериўге келисип алынды.