Сәне мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында байрам илажы болып өтти. Илаж Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери менен басланды.
Филиал директоры А.Аяпов, «Халық дөретиўшилиги» факультети деканы Қ.Турдиев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик нышанлар, соның ишинде, гимнниң әҳмийетине айрықша тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, ҳәр бир мәмлекеттиң байрағы, герби, гимни – сол мәмлекет суверенитетиниң тымсалы болып есапланады. Усы мәмлекетлик нышанлар арқалы биз өзлигимизди аңлаймыз, ертеңги күнге болған исенимимизди беккемлеймиз. Халқымыздың өтмишин, миллий дәстүрлерин, қәдириятларын, тынышлық ҳәм миллетлер аралық татыўлық сыяқлы пазыйлетлерди өзинде жәмлеген гимн өзлигимизди мақтаныш етиўде, жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда, сондай-ақ, олардың ҳәр тәреплеме жетик инсанлар болып жетилисиўинде тәрбиялық әҳмийетке ийе қурал сыпатында хызмет етип келмекте. Сондай-ақ, мәмлекетлик гимн елимиз делегацияларының сырт еллерге сапары ўақтында, халықаралық майданлардағы түрли илажларда, спорт жарысларында елимиздиң тымсалы сыпатында жаңлап келмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.