Киргизилген қосымшаларға бола, Кодекстиң 73-статьясы төртинши бөлиминде көрсетилген шахсларға (өмирлик еркинен айырыў жазасына ҳүким етилгенлерден тысқары) еркинен айырыў жазасын өтеў дәўиринде тайынланған жазаның мүддети қысқартылыўы мүмкин.

Буның ушын судланғанларда дурыс руўхый-әдеп-икрамлылық қәдириятларды қәлиплестириўге қаратылған әдебиятлардың белгиленген тәртипте тастыйықланған дизиминдеги китапларды оқығанлығы факты тастыйықланған болыўы керек.

Ҳәр бир оқылған китап ушын мүддет 3 күнге, бирақ бир жыл даўамында 30 күннен аспаўы мүмкин.

Китаплардың оқылғанлығы жазаны орынлаў мәкемеси ҳәкимшилигине жазадан өткен шахстың арзасы тийкарында мәкеме хызметкерлери ҳәм жәмийетшилик ўәкиллеринен ибарат комиссия тәрепинен анықланады.

Комиссия мәжилислери бир жылда кеминде 2 мәрте өткериледи.

Имтихан нәтийжелери бойынша комиссия судланыўшының китап оқығанлығын тастыйықлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етеди.

Қолланбаның көширме нусқасы прокурорға жибериледи, қол қойылған ҳалда судланыўшыға тапсырылады, сондай-ақ, судланыўшының сораўына муўапық оның қорғаўшысына бериледи.

Китап оқығанлығы фактин тастыйықлаў ҳаққындағы жуўмақ қабыл етилгенде, мәкеме ҳәкимшилиги судқа жазаны өтеў мүддетин қысқартыў ҳаққындағы усынысты жибереди.

Жазаны өтеў мүддетин қысқартыў жазаны өтеўшиниң дүзелиў жолына өткенлиги мүнәсибети менен суд тәрепинен әмелге асырылады.