Финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкеминде ГПА көрсеткиши 3,3 тен 4 ке шекем болған белгиленген категориядағы студентлерге гезектеги оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў шөлкеми гранты бериледи. Бул ҳаққында ӨзМ хабар бермекте.
Онда финанслық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәр жылы өзлериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан 1 миллиард сумға шекемги муғдарда жоқары билимлендириў шөлкеминиң грантын усынады.
Бунда жоқары билимлендириў шөлкеми гранты усынылған студенттиң ГПА көрсеткиши:
3.3-3.39 болғанда - төлемли-контракт суммасының 20 проценти;
3.4-3.49 болғанда - төлемли-контракт суммасының 30 проценти;
3.5-3.59 болғанда - төлемли-контракт суммасының 40 проценти;
3.6-3.69 болғанда - төлемли-контракт суммасының 50 проценти;
3.7-3.79 болғанда - төлемли-контракт суммасының 60 проценти;
3.8-3.89 болғанда - төлемли-контракт суммасының 70 проценти;
3.9-3.99 болғанда - төлемли-контракт суммасының 80 проценти муғдарындағы бөлеги усы жоқары билимлендириў шөлкеминиң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаплап бериледи.
Онда талабанлар өз арзалары менен ҳәр жылы 20-июльға шекем жоқары билимлендириў шөлкеминиң рәсмий веб-сайты арқалы дизимнен өтеди. Нәтийжелер ҳәр жылы 5-сентябрьге шекем жәрияланады.
Мағлыўмат ушын: бундай қосымша грант берилетуғын категориялар дизими Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги тәрепинен тастыйықланады.