Мәресимде Қырғызстан Министрлер Кабинети баслығының орынбасары Эдиль Байсалов, Бишкек қаласының мэри Айбек Жунушалиев, Халықаралық Дельфия комитетиниң директоры Владимир Понявин, сондай-ақ, Қырғызстан Дельфия комитетиниң баслығы, халық артисти Анарбек Ибраев қатнасты.

ШБШ Бас хаткери Нурлан Ермекбаевтың атынан шөлкем Секретариатының кеңесгөйи Қазыбек Кочконов гуманитарлық ҳәм мәдений, сондай-ақ, жаслар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, мәдений қарым-қатнасты беккемлеў ҳәм ағза мәмлекетлердиң бай мийрасын қәстерлеп сақлаў әҳмийетли екенин атап өтти.

ШБШның 25 жыллығы мүнәсибети менен өткерилип атырған биринши Жаслар дельфи ойынлары Беларусь, Ҳиндстан, Қазақстан, Қытай, Қырғызстан, Пакистан, Россия, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның жас талантлары арасында сөйлесиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм дослық байланысларын орнатыў ушын өзине тән майданға айланды.

Ойынларда 600 ден аслам делегат қатнасып, олар 28-мартқа шекем сүўретлеў көркем өнери, көркем өнерментшилик, халық қосықлары ҳәм аяқ ойынлары, дәстүрий саз әсбаплары, фортепиано, эстрада қосықлары ҳәм диджеинк бағдарлары бойынша өз-ара беллеседи.

Ойынлардың бағдарламасы қатнасыўшылардың потенциалын жүзеге шығарыў, мәдениятлараралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм еркин дөретиўшилик өз-өзин көрсетиў ушын орталық жаратыўға қаратылған.