Өзбекстан U21 - Қазақстан U21 - 1:0 (Абдураҳмонов, 84).
Бул ҳаққында ӨФА телеграм каналы хабар бермекте.
Әдетте жаслар көбирек ашық футбол ойнайды, бирак бул жерде онша тамаша бермейтуғын ойын болып шықты, еки тәрепте де турпайы ойынлар көп болды. Тәмийинлеўши паслар аз, топ көлденең ҳәм артқа көбирек өткериледи. Нәтийже болмай атырған сыяқлы, бирақ жигитлер қәтелесип қалыўдан қорыққандай.
Сол голды мийманлар қорғаўшысы Жансултан Мухаметханов өз дәрўазасы жанында шеригинен келип түскен топты қабыл етип алар ўақытта жол қойған қәтелигинен пайдаланған Фирдавс Абдураҳмонов киргизди. Келген пайыттан пайдаланып, топты ийелеп, дәрўазаға жоллады.
Денис Мамонов шәкиртлери 9-октябрь күни өз жас категориясында Евро жарысының сайлап алыў ойынын өткерди ҳәм күтилмегенде сапарда Андорраға жол берди (0:1). Бас тренер бул жеңилиўди дыққаттың жоғалыўы менен түсиндирди. Демек, еле жуўмақ шығарылмаған.
Соның менен бирге, 14-октябрь күни еки команда өз-ара екинши ойынды өткереди. Бәлким, сонда қонақлар өзлерин жақсы жақтан көрсетер. Жигитлерге әўмет, күшли жеңсин.











