- Күни кеше халқымыз бенен Наўрыз әййямын күтип алдық. Бүгин, муқаддес Рамазан айында мине усы теберик орынға келип турмыз. Бул уллы күнлерге тынышлық-парахатшылықта жеткергени ушын Жаратқанға шүкиршилик айтамыз. Илайым, ҳәмийше елимиз тыныш, халқымыз абадан болсын, барлық ийгиликли нийетлеримиз әмелге ассын. Бул комплексти Имам Бухарий бабамызға мүнәсип тәризде қурып атырмыз. Ол зыярат пенен бирге ағартыўшылық, тәрбия, ибрат ошағы болсын, - деди Шавкат Мирзиёев.
Имам Бухарий мақбарасы пүткил ислам дүньясында ҳүрметли орын. Көп мыңлаған зыяратшыларға шараятларды кеңейтиў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен бул жерде жаңа комплекс қурылмақта.
Комплекстиң улыўма майданы 44 гектар. Бийиклиги 75 метрлик 4 минара комплекске уллылық бағышлаған. Сондай-ақ, музей, әйўанлар, ҳәкимшилик ҳәм хызмет көрсетиў имаратлары қурылған.
Ҳәзирги ўақытта пардозлаў жумыслары алып барылмақта. Онда миллий дәстүрлер ҳәм ыссы реңлерден пайдаланылмақта. Пештақлар ҳәм әйўан дийўалларына "Саҳиҳи Бухарий"ден ҳәдислер жазылады.
Буннан тысқары, аймақта еки мың орынға ийе жигирмадан аслам мийманхана, қыябанлар, төрт таҳаратхана қурылады.
Быйыл елимизде Имам Мотуридий туўылғанының 1155-жыллығы кеңнен белгиленеди. Бул ҳаққындағы Президент қарарында калом илими султанының Самарқанд қаласындағы комплексин қайта оңлаў ҳәм абаданластырыў белгиленген.
Сапар ўақтында Президентимизге усы жойбар таныстырылды.
Атап өтилгениндей, Мотуридий комплексинде 1 мың 500 адамға мөлшерленген жоме мешит, ҳәкимшилик имарат қурылысы нәзерде тутылған. Ол жерде китапхана, мәжилислер залы, инновациялық музей ҳәм қәнигелер ушын ханалар болады. Комплекс жанында зыяратшылар ушын автомобиль туратуғын орын, таҳаратхана қурылады.
Имам Абу Мансур Мотуридий ислам әлеминде келиспеўшиликлер ҳәўиж алып, ҳәр қыйлы секталар көбейген бир дәўирде жасап, пүткил өмирин ислам догматикасын қорғаў ҳәм ағартыўшылығын ен жайдырыўға бағышлаған. Оның мотуридия тәлийматы, “Таъвилотул Қуръон”, “Китоб ат-Тавҳид” сыяқлы шығармалары кеңпейиллик ҳәм турақлылық принциплери менен аҳли сунна вал-жамоаның руўхый тийкарларына айланған.
Мәмлекетимиз басшысы бул принциплер бүгинги күнде де әҳмийетли болып атырғанын атап өтип, ойшыл бабамыздың мийрасын және де кеңнен үйрениў ҳәм дүньяға үгит-нәсиятлаў, комплекске келиўшилерге шараятларды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.
Және бир қайырлы жойбар - Ақдәрья районындағы Маҳдуми Аъзам зыярат етиў орнын абат етиўге қаратылған. Ҳаслы ҳәзирги Касансай районында туўылған суфий алым нақшбандия тәлийматының басшыларынан бири болған. Илим ҳәм дин жолындағы узақ сапарынан соң, Самарқанд ўәлаятында мәңгилик қоныс тапқан.
Бул жерге келиўши зыяратшылар да көп. Оларға шараятларды жақсылаў мақсетинде Махдуми Аъзам мақбарасы жанында үш қабатлы автомобиль турыў орны, таҳаратхана қурылысы режелестирилмекте.
Самарқанд жеринен жетисип шыққан басқа да илимпазлар ҳәм ойшыллар, әзиз әўлиелердиң зыярат етиў орынлары да басқышпа-басқыш қайта оңланып, абат етиледи.