Ол топар басқышында Австрия, Түркия ҳәм Италиядан келген қарсыласларын жеңип шықты. Аймуратов шерек финалда өз ўатанласы Сардор Абдукаримбековты жеңип шықты. Ол ярым финалда үй ийелери командасының ўәкилине жол берип, үшинши орынды ийеледи.
Бронза медалы өзбекстанлы қылышпаз спортшылардың халықаралық майдандағы гезектеги жетискенлиги болды.








