Муслима Нуриддинова жәҳән чемпионы болды! Сайланды командамызда және үш медаль бар

    Спорт 16 қазан 2025 436

    Каирда пара-пауэрлифтинг бойынша ересеклер арасында жәҳән чемпионаты даўам етпекте. Кеше Өзбекстан сайланды командасы ушын табыслы күн болды.

    61 килограммға шекемги салмақ категориясында қатнасқан Муслима Нуриддинова "А" финалында қатнасып, улыўма 353 килограмм нәтийжени көрсетти. Оның нәтийжесинде барлық қарсыласларынан озып, жәҳән чемпионатының алтын медалын қолға киргизди.

    67 килограммға шекемги салмақ категориясында сайланды командамыздың еки ўәкили Қудратой Тошпулатова ҳәм Рухшона Ўктамова қатнасты. Жарыс жуўмағында Қудратай Ташпулатова жәми 392 килограммды көтерип, гүмис медалды қолға киргизди. Рухшона Ўктамова 363 килограмм салмақ пенен үшинши орынды ийелеп, бронза медалын қолға киргизди.

    Солай етип, ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстан сайланды командасының есабында жети медаль бар: биреўи алтын, үшеўи гүмис ҳәм үшеўи бронза.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates