Сондай-ақ, Президентлер жанында төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылды:
- өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў, жоқары билимлендириў, таў-кән санааты, қоршаған орталықты қорғаў, жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм медицина илими, денетәрбия ҳәм спорт тараўларында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер;
- еки мәмлекет архив уйымлары арасындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги менен Монголия Экономика ҳәм раўажланыў министрлиги арасында, сыртқы ислер министрликлери арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген, Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги менен Монголия Мәденият, спорт, туризм ҳәм жаслар министрлиги арасында 2025-2028-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламалары;
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Монголия Азық-аўқат, аўыл хожалығы ҳәм жеңил санаат министрлиги арасында аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша бирге ислесиў режеси;
- Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен Монголия Мәденият, спорт, туризм ҳәм жаслар министрлиги арасында экотуризм тараўындағы ҳәрекетлер режеси.









