Автомобиллерге газ қуйыў шақапшаларында «UGaz» системасы иске қосылды

    24 қыркүйек 2025 695

    Өзбекстанда автомобиллерди газ үскенелери менен толтырыў процесин реал ўақыт режиминде жазып барыўшы «UGaz» системасы енгизилди.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Энергетика министрлиги баспасөз хызмети хабар бермекте.

    Жаңа санлы платформа тәбийғый газден нәтийжели пайдаланыў ҳәм тутыныўшылардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған. Бул система қолда есап-санақ етиў зәрүрлигин азайтыў, нызамсыз ҳәрекетлердиң алдын алыў, операциялардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў ҳәм жанылғы қуйыў шақапшаларында қәўипсизлик дәрежесин арттырыў имканиятын береди.

    Автомобиль станцияға киргенде техникалық тексериўдиң әмел етиў мүддети автоматикалық түрде тексериледи. Егер мүддети өткен болса, оператор тийисли хабарды алады. Буннан тысқары, жанылғы түри сәйкес келмесе ямаса газ баллоны дизимнен өткерилмеген жағдайда система ескертеди, бул болса айдаўшылар ҳәм жолаўшылардың қәўипсизлигин тиккелей арттырады.

    «UGaz» арқалы заправкаға келип түсип атырған газ муғдарының да анық есабы жүргизилип, ресурслардан нызамсыз пайдаланыўға жол қойылмайды. Әҳмийетли тәрепи, ҳәр бир газ колоннасы ҳәм станция хызметкерлериниң ҳәрекетлери онлайн қадағалап барылады.

    Барлық процесслер бир қатар мәмлекетлик структуралар ҳәм уйымлар, соның ишинде, Ишки ислер министрлиги, Салық комитети, "Тошшаҳартрансхизмат" АЖ, "Энергоназорат" платформасы, электрон ҳүкимет ҳәм OneID системалары менен интеграцияланған.

    Қосымша мағлыўмат ямаса мәсләҳәт алыў ушын call-орай жумыс алып барады: (71) 202-22-02 (кир. 815 ҳәм 814).


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates