"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, бүгин кеште ҳәм жақын түнде Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларынан тысқары көпшилик ўәлаятларда айырым жерлерде жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы күндиз 15-20° жыллыға шекем көтериледи.
8-март күни Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа райы бақланады, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында, Хорезм ўәлаятында ҳәм Наўайы ўәлаятының шөл зонасында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 15-20гр жыллы дәрежеде сақланып турады.
9-март күни республика аймағына және бир рет ығал ҳаўа кирип келиўи күтилмекте. Республика аймағында, арқа ўәлаятлардан тысқары айырым жерлерде жаўын жаўады, Наўайы ўәлаятының шөл аймақларында жаўын-шашын (жаўын, қар) болады. Айрым жерлерде самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин.
Ташкентте бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды. Температура 11-13° жыллы.
Жақын түнде азырақ жаўын жаўыўы мүмкин. 7-март күндиз жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде 6-8° жыллы, күндиз 16-18° жыллы.
8-март - жаўын-шашынсыз. Ҳаўаның температурасы түнде 6-8° жыллы, күндиз 18-20° жыллы.
9-март күниниң екинши ярымында жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы түнде 8-10° жыллы, күндиз 14-16° жыллы.
Самал шығыстан күшсизден орташаға шекем еседи.