"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 20-сентябрь, екшемби күни Өзбекстан аймағында, қубла ўәлаятларынан тысқары, бултлылық артып, күндизги температура 2-3 дәрежеге төменлеўи күтилмекте. Тек ғана Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларының таўлы аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.

Республикамыздың шөл аймақлары ҳәм таўлы аймақларында 20-сентябрьде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.

Ташкент қаласында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы түнде - 18-20гр жыллы, күндиз 18-19-сентябрьде - 32-34гр жыллы, 20-сентябрьде - 30-32гр жыллы.

Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.