Наманган ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Окибжон Инамов басшылығындағы Наманган делегациясы Қытайдың Гуянг қаласының ҳәкими мырза Ван Хун менен сөйлесиў алып барды.
Сөйлесиў даўамында еки аймақ арасында саўда, экономика, инвестиция, билимлендириў, логистика, туризм бағдарларында бирге ислесиў қатнасықларын орнатыў бойынша келисип алынды.
Наманган ҳәм Гуянгтың инвестициялық потенциалы, экономикалық имканиятларының презентациясы өткерилди. Гуянг рәсмий делегациясын Наманган қаласында усы жылы 64-мәрте өткерилетуғын Халықаралық "Гүллер фестивалы"на мирәт етилди.
Ушырасыў жуўмағы менен еки аймақ арасында Дослық меморандумына қол қойылды.
Мағлыўмат ушын: Гуянг қаласы Қытайдың қубла-батысында жайласқан Гуйжоу провинциясының ҳәкимшилик орайы болып, халқы 6,6 миллион, ЖИӨ 75 млн. долларды қурайды. Туризм, логистика, көпир қурылысы ҳәм жасалма интеллект қаланың драйвер тараўларынан болып, жылына қалаға 100 миллионнан аслам туристлер келеди.