Атап өтилиўинше, кәрхана басшысы Фатхи Бехейри менен сөйлесиў өткерилип, Наманган ҳәм Жиззақ ўәлаятларында пал заводын шөлкемлестириў инвестициялық жойбарын әмелге асырыўдың әмелий тәреплери додаланды.
Соның ишинде, қурылысы режелестирилип атырған имаратлар, палды қайта ислеў, тазалаў ҳәм байытыў системасы бойынша режелер көрип шығылды.
Өзбекстанда шөлкемлестирилетуғын пал ҳәррешилик орайына раўажланған мәмлекетлерден ең заманагөй, толық автоматластырылған үскенелер алып келинеди. Буның нәтийжесинде ҳәр күни инсан факторын азайтыў арқалы бир неше тонна пал ислеп шығарылыўы ҳәм кейин ала Орайлық Азия регионында қолайлы баҳаларда сатылыўы күтилмекте.