Наоя Иноуэ Мураджан Аҳмадалиев пенен саўашқа келисим берди

    Ойын усы жылдың ақырында ямаса 2026-жылдың басында Саудия Арабстанында өткерилиўи режелестирилген.

    Екинши ең жеңил салмақ категориясында япониялы абсолют жәҳән чемпионы Наоя Иноуэниң келешектеги режелери бойынша мағлыўмат берилди.

    Top Rank промоутерлик компаниясының басшысы, Иноуэниң промоутери Боб Арумның сөзлерине қарағанда, Наоя 24-январь күни Сэм Гудман менен урысқанынан соң, май ямаса июнь айында Лас-Вегас (АҚШ) қаласында WBC белбеўин Алан Пикассодан қорғайды.

    Арумның айтыўынша, соннан кейин гезек Мураджан Аҳмадалиев пенен саўашқа жетип келеди. Өзбекстанлы бурынғы жәҳән чемпионы менен беллесиў усы жылдың ақырында ямаса 2026-жылдың басында Саудия Арабстанында өткерилиўи режелестирилген.

    Буннан алдын, япониялы былғары қолғап устасы WBA Interim чемпионы Мураджан Аҳмадалиевқа: "Егер урысыўды қәлесең, жеңисиңниң "қәдирин" услап тур ҳәм күте бер", деп мүрәжат еткен еди. WBA шөлкеми бул саўашқа ҳәзирги ўақытқа шекем еки мәрте буйрық берген.