Наўайы ЫЭСте гезектеги 3-санлы пуў-газ қурылмасының орнатылған қуўатлылығы 650 МВтти қурайды.
Жойбар бирге ислесиўшилери Японияның “Mitsubishi Corporation” & “Mitsubishi Power Ltd” компанияларының консорциумы болып, қурылыста Түркияның “Çalik Enerji” компаниясы ҳәм "Ўзбекэнерготаъмир" АЖ қәнигелери жумыс алып бармақта.
Жойбар 2026-жылдың ақырына шекем иске қосылыўы режелестирилген.
Инвестициялық жойбарды қаржыландырыў дереги JICA - Япония Халықаралық бирге ислесиў агентлиги қаржылары болып, жойбардың улыўма баҳасы ТИАға тийкарланып 786,7 млн. АҚШ долларын қурайды. Бүгинги күнге шекем 276 миллион АҚШ доллары өзлестирилип, реже көрсеткиши 100 процентке орынланды.
Пуў-газ қурылмасы иске қосылғаннан соң, жылына қосымша 4,8 млрд кВт саат электр энергиясы ҳәм 932 Гкал ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Онда заманагөй, жоқары үнемлеўши технологиялар есабынан жылына 870 миллион куб метр тәбийий газ үнемлениўине ерисиледи. Оның пайдалылық жумысы коэффициенти 63 процентти қурап, атмосфераға шығарылып атырған шығынды газлериниң көлеми 1740 мың тоннаға азаяды.
Ҳәзирги ўақытта қурылыс майданшасында жумыслар қызғын алып барылмақта. Бул жерде жергиликли ҳәм сырт ел компанияларынан 470 маман инженер-техник (420 жергиликли қәниге) ҳәм 90 арнаўлы техникалар ислемекте.
Әҳмийетлиси, жойбардың иске қосылыўы нәтийжесинде жаңа 347 жумыс орны жаратылады.
Ҳәзирги ўақытта қурылманың ирге тасы жумыслары әмелге асырылмақта. Мағлыўмат ушын, пуў-газ қурылмасында раўажланған мәмлекетлердиң ең заманагөй газ ҳәм пуў турбиналары ҳәм қазан қурылмалары орнатылады.