- Быйылғы Наўрыз муқаддес Рамазан айында, оның теберик пазыйлетлерине үнлес ҳалда өтип атырғаны байрамға айрықша руўх, өзгеше пайыз ҳәм қуўаныш бағышламақта. Кеўиллеримиз қуўанышқа толған усындай берекетли күнлерде елимиз мөмин-мусылманларын, пүткил ислам үмметин Рамазан айы менен және бир мәрте қутлықлап, барлық жақсы нийетлеримиз орынланыўын тилеймиз, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы сырт еллерде ана ўатан меҳрин ҳәм сағынышын сезинип жасап атырған ўатанласларымызды да қутлықлап, қызғын тилеклерин билдирди.
Наўрыз 3 мың жыллық мәмлекетшилигимиз тарийхында өзиниң шексиз руўхый әҳмийети менен бәрқулла айрықша итибарға ийе болған уллы байрам екени атап өтилди. Бул әййямның бийтәкирар гөззаллығы, адамгершилик руўхы ҳәм терең философиясы глобалласыў дәўиринде де пүткил инсаниятты таң қалдырып атырғаны оның әзелий мәниси ҳәм өмир бағышлаўшы күшинен дәрек береди.
Наўрызда жәмленген дөретиўшилик руўхы Жаңа Өзбекстанымызда әмелге асырылып атырған үлкен реформалар ҳәм жедел өзгерислердиң тийкарғы мазмуны ҳәм ийгиликли идеяларына үнлес болып есапланады. Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, социаллық әдиллик принциплерин беккемлеў, халықтың дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў жолында исенимли қәдемлер қойылмақта.
Елимизде көплеген заманагөй санаат комплекслери, инфраструктура ҳәм логистика тармақлары, жаңа имарат ҳәм турақ жайлар, бақша ҳәм мектеплер, жоқары оқыў орынлары, емлеўханалар, мәденият ҳәм спорт дәргайлары қурылмақта. Қала ҳәм аўылларымыз, пүткил елимиз абат болып бармақта.
"Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде елимизде жаңа экологиялық орталық жаратылмақта. "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде бул процесс және де кең көлемге ийе болмақта.
Президентимиз шығып сөйлеген сөзинде жаслар сиясатына да тоқтап өтип, олар Жаңа Өзбекстанның алдынғы ҳәм қүдиретли күшине айланып баратырғанын атап өтти. Үлкен нәтийжелерге ерисип, елимиздиң раўажланыўы ҳәм абырайын арттырып атырған ақыллы, билимли ҳәм маман, күш-ғайратлы ҳәм исбилермен ул-қызларды улығлады.
- Әзиз перзентлерим, сизлер Ўатанымыз аспанында жарқын жулдызлар болып жайнайтуғын ўақыт келди. Елимиздеги шексиз имканиятларды әмелий нәтийжелерге айландырыў ушын тынымсыз ҳәрекет етиң! Ҳеш қашан умытпаң, артыңызда дерлик 38 миллионлық уллы халық, Президент турыпты, - деди Шавкат Мирзиёев.
Наўрыздың гөззаллығы, тартымлылығы, әсиресе, мәҳәллелерде өтип атырған халық сейиллеринде айқын сезиледи. Миллий дәстүрлеримиз ошағы болған мәҳәлле системасының турмысымыздағы орны ҳәм тәсири барған сайын артып бармақта. Жаслар тәрбиясы, тынышлықты тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықты исбилерменликке тартыў, социаллық қорғаў ҳәм ҳаял-қызлардың белсендилигин күшейтиў, экология ҳәм абаданлық сыяқлы бир-биринен әҳмийетли ўазыйпалар мәҳәллениң өзинде шешилмекте.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы 22-март - Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни менен барлық мәҳәлле белсендилерин қызғын қутлықлады.
Наўрыз кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик руўхы менен елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери ушын сүйикли, шын мәнисинде улыўмахалықлық байрамға айланған. Усы мәниде, Президентимиз пүткил халқымызға мүрәжат етти:
- Бизиң күшимиз - бирлик ҳәм аўызбиршиликте, қүдиретимиз - Ўатанға меҳир ҳәм садықлықта, табысымыз - өзимизге болған жоқары исенимде!
Улыўма инсаныйлық әҳмийети себепли Наўрыз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен халықаралық байрам сыпатында тән алынған. Бул қәдирият Шығыстағы көплеген еллерди, соның ишинде, Орайлық Азия халықларын және де бирлестирмекте. Усы айдың ақырында әййемги Хужанд қаласында Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан жетекшилериниң үш тәреплеме ушырасыўы өз-ара аўызбиршилик жолында және бир әмелий қәдем болады.
Мәмлекетимиз басшысы байрамда қатнасып атырған елшилер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерин халықаралық Наўрыз күни менен қутлықлап, олардың халықларына дослық сәлемин жоллады.
Байрам үлкен концерт бағдарламасы менен даўам етти. Онда елимиз көркем өнер шеберлеринен тысқары Түркия, Түркменстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы туўысқан еллердиң белгили қосықшылары да қатнасқаны дыққатқа ылайық болды.
"Жаңа Өзбекстан" бағы байрам кейпиятына бөленген. Майданшалар қызыл гүллер ҳәм байрақлар менен безелген. Миллий мәденият орайларының көргизбелеринде елимиздеги татыўлық ҳәм бай мәдений ҳәр түрлилик сәўлеленген.
Мәмлекетимиз басшысы усы көргизбелерди ҳәм фольклор-этнографиялық жәмәәтлердиң қосықларын тамашалады.
Наўрыз сейиллери елимиздиң барлық орынларында даўам етпекте. Дийқанлар халқымыздың ырысқы-несийбеси үмитинде жерге берекет туқымларын екпекте. Мәҳәллелерде абаданластырыў, мийрим-шәпәәт илажлары өткерилмекте.