Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тақыятас районын раўажландырыў ҳәм кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бойынша мәжилис өткерген еди. Мажилисте кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларды шешиў, соның менен бирге, мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаў ҳәм басқа да бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынып, «Абат шаңарақ – абат көше – абат мәҳәлле» өлшеми тийкарында аўыр шараяттағы мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бағдарында ўазыйпалар белгиленип берилген еди. Сондай-ақ, районда басланған үлкен ҳәрекет шеңберинде мәҳәллелер ҳәм аўыллардың ишки хожалық жолларын оңлаў ушын арнаўлы қум-шағыл тас араласпасы алып келинип атырғаны ҳәм бул бойынша жумыслар имканият дәрежесинде кең көлемде даўам еттирилип, районда оңланбаған топырақ жоллар қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырылатуғынлығын атап өткен еди.
Ҳәзирги ўақытта районда белгиленген тапсырмалар бойынша жумыслар алып барылмақта.
«Найманкөл» АПЖ аймағындағы көшелерде қум-шағыл тас араласпасы төселип, пуқараларды көп ўақыттан берли қыйнап киятырған машқалалар өз шешимин таппақта. Аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы пуқаралар инсан қәдири ушын исленип атырған бундай қолайлықлардан миннетдар болмақта.
-Көшелеримиздеги топырақ жоллар жаўын-шашынлы күнлерде бәршемизди қыйнап киятырған еди. Машқалаларымызды унамлы шешип, жолларымызға қум-шағыл тас төсеп берип атырғанлығы ушын Ҳүкиметимиз басшыларына, жол қурыўшы қурыласшыларға өз миннетдаршылығымызды билдиремиз,-дейди «Найманкөл» АПЖ турғыны Музаффар Рейимбаев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.