Технологияларды оптималластырыў ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў себепли Америка компаниялары он мыңлаған адамларды жумыстан босатты. Жумыстан айырылған хызметкерлер саны Challenger, Gray & Christmas изертлеўинде атап өтилди, деп жазады РИА Новости.
2025-жылдың жуўмақлары бойынша 75 мыңнан аслам адам қысқартылды. Бир жылда ең көп қысқарыўлар мәмлекетлик қәрежетлерди оптималластырыў шеңберинде жүз берген - сол себепли 293 мың 753 адам жумыстан айрылған. Сондай-ақ, қысқартыўларға базар шараятлары да көп себеп болған - олар себепли 253 206 хызметкер жумыссыз қалған.
Мийнет базарын суўытыў мақсетинде Американың ири компаниялары 52 мың адамды жумыстан босатыўға қарар етти. Amazonнан UPS ке шекем барлық ири компаниялар жумыс орынларын қысқартпақта. FT аналитиклериниң атап өтиўинше, пандемия ақыбетинде жүзеге келген жумысқа қабыл етиў пәтин тоқтатыў ушын жумыс орынларын қысқартыў даўам етпекте. Коронавирус шеклеўлери ўақтында олар хызметкерлердиң штатын көбейтти, экономикалық анықсызлық ҳәм жасалма интеллект тәрепинен базарға қәўиплер фонында болса фирмалар хызметкерлерди қысқартпақта, деп жазады lenta.ru.