Нетаньяху Қатар басшысынан Дохада ХАМАС жетекшилерине соққы бергени ушын кеширим сорады

    30 қыркүйек 2025 437

    Израиль бас министри Биньямин Нетаньяху жақында Қатар қәўипсизлик күшлери хызметкериниң қайтыс болыўына алып келген Дохадағы ҲАМАС радикал Палестин ҳәрекети басшылығының резиденциясына берилген соққы ушын кеширим сорады. Бул ҳаққында Қатар сыртқы ислер министрлиги хабар бермекте.

    Сондай-ақ, Израиль бас министри Қатар аймағына бундай ҳүжимлер келешекте тәкирарланбаўына ўәде берди.

    Буннан алдын Израиль телевидениесиниң 12-каналы Нетаньяху телефон арқалы сөйлесиў ўақтында Қатар ҳүкиметиниң басшысы ҳәм сыртқы ислер министри Муҳаммад бин Абдураҳмон Ол Сонийден 9-сентябрь күни Дохада Палестинаның ҲАМАС радикал ҳәрекети жетекшилерине соққы бериў ўақтында мәмлекет суверенитетин бузғаны ушын кеширим сорағаны ҳаққында хабар берген еди.

    Оның мағлыўматларына бола, Израиль кабинети басшысы АҚШ президенти Дональд Трамптың қатнасыўында Ақ үйдеги қатарлы кәсиплесине қоңыраў еткен, деп жазбақта tass.ru.

    Сөйлесиў ўақтында Нетаньяху усы ҳүжим нәтийжесинде Қатар қәўипсизлик хызмети хызметкериниң қайтыс болғанынан өкиниш билдирди, деп көрсетпекте телеканал дерекке сүйенип.