Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасын модернизациялаў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Наманган халықаралық аэропортын кеңейтиў жойбары бул реформалардың әҳмийетли бөлеги болып есапланады.

Қурылыс жумыслары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 29-марттағы "Республика аэропортларын басқарыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық алып барылмақта.

Наманган халықаралық аэропорты 1971-жылы пайдаланыўға тапсырылған. 2013-жылдан берли халықаралық аэропорт статусында жумыс алып бармақта. Бүгинги күнде аэропорт арқалы 9 авиакомпания турақлы пәрўазларды әмелге асырмақта.

Жойбарды әмелге асырыў ушын 175 миллион доллар инвестиция тартылған. Режеге бола, 2026-жылдың ақырына шекем заманагөй халықаралық талапларға жуўап беретуғын жаңа жолаўшы терминалы иске қосылады. Улыўма майданы 22,6 мың квадрат метр болған үш қабатлы терминал саатына 1 мың 200 ден аслам, жылына 3 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Бул аэропорттың өткериў қуўатлылығын бир неше есеге арттырыў имканиятын береди.

Жаңа терминалда шегара ҳәм бажыхана қадағалаўы пунктлери, виза хызмети, бизнес зал, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў объектлери, медициналық пункт ҳәм “Duty Free” аймағы жайласады. Нәтийжеде 550 жаңа жумыс орны жаратылады.

2027-жылдың ақырына шекем қуўатлылығы суткасына 50 тонна болған жүк терминалын пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Бул Ферғана ойпатлығы ушын бирден-бир заманагөй карго системасын қәлиплестириў ҳәм дүньяның 90 мәмлекетине өнимлерди экспорт етиў имканиятын кеңейтиў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы қурылыс жумысларының барысы менен ҳәр тәреплеме танысып, аэропорт инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў бойынша бир қатар ўазыйпаларды белгилеп берди.