Миллий денсаўлықты сақлаў системасын модернизациялаў ҳәм
беккемлеў тараўында усы абырайлы шөлкем менен бирге ислесиўди буннан былай да
раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жыллары ЖДСШ менен бирге ислесиў сапа жағынан жаңа
басқышқа көтерилгени атап өтилди. Денсаўлықты сақлаў тараўында кең көлемли ҳәм
системалы реформаларды әмелге асырыў Шөлкемниң экспертлик-мәсләҳәт жәрдеминде
ҳәм оның халықаралық стандартлары менен усынысларын есапқа алған ҳалда әмелге
асырылмақта.
Бирге ислесиў шеңберинде денсаўлықты сақлаў системасын
раўажландырыўға қаратылған бир қатар стратегиялық ҳүжжетлер ислеп шығылған.
Қәнигели медицина кадрларын таярлаў, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем,
кеселликлерге диагноз қойыў ҳәм олардың алдын алыў системалары
жетилистирилмекте, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлери
енгизилмекте.
ЖДСШ бас директоры елимизде әмелге асырылып атырған
реформаларды жоқары баҳалап, халықтың медициналық хызметлерден пайдаланыў
имканиятын кеңейтиў, өмирдиң даўамлылығын арттырыў, аналар өлимин азайтыў,
санлы медицинаны раўажландырыў бағдарындағы салмақлы нәтийжелерди айрықша атап
өтти.
Ушырасыў жуўмағында тийкарғы бағдарлар, соның ишинде,
фармацевтика тараўын тәртипке салыў системасын жетилистириў, денсаўлықты сақлаў
тараўына санлы шешимлер ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў, қоспа
илажлар ҳәм илимий изертлеўлер өткериў бойынша әмелий бирге ислесиўди және де
тереңлестириўге келисип алынды.