Усы мүнәсибет пенен Беруний районында хожалық ҳәм фермаларда ветеринария-санитария тәртиплерине қатаң әмел етиў, кириў орынларында дезинфекция илажларын шөлкемлестириў ҳәм шарўашылық имаратларын дезинфекциялаў жумыслары бойынша семинар өткерилди.
Беруний районында 8 ветеринария участкасы болып, ҳәр
бир участкаға 1 ветеринария врачы ҳәм 1 ветеринария фельдшери хызмет көрсетеди.
Шарўа малларында ушырасатуғын оғада жуқпалы кеселликлерге қарсы шаншыў
илажларын жәми 20 хызметкер 5 топарға бөлинген ҳалда әмелге асырмақта.
Беруний районы Ветеринария ҳәм шарўашылықты
раўажландырыў бөлими берген мағлыўматларға қарағанда, быйылғы жылы төмендеги
кеселликлерге қарсы профилактикалық шаншыў илажлары әмелге асырылды: Яшур
кеселлигине қарсы 21,9 мың бас ири ҳәм 4,5 мың бас майда қара мал, күйдирги
кеселлигине 31,4 мың бас ири ҳәм 8,6 мың бас майда қара мал, 79 бас ат, нодуляр
дерматит кеселлигине 22,9 мың бас ири қара маллар шаншылды.
Соның ишинде, қутырыў кеселлигине қарсы 2 мың 290 бас
ийт-пышық шаншылды. Буннан тысқары Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў
бөлими хызметкерлери тәрепинен қарамалларды идентификациялаў жумыслары да
әмелге асырылмақта. 2025-жылдың басынан усы күнге шекем шарўашылық фермер
хожалықлары ҳәм халық шаңарақларындағы 25 мың 31 бас ири, 576 бас майда
қарамаллар идентификацияланып, VIS-Chinor электрон платформасына киргизилди.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.