Жойбар мәмлекетимиз басшысының 2026-жыл 29-июньдеги пахта талшығын терең қайта ислеўди қоллап-қуўатлаўға қаратылған қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылды. Кәрханада жергиликли шийки заттан экологиялық таза, халықаралық стандартларға сай тоқымашылық өнимлери ислеп шығарылып, ишки ҳәм сыртқы базарға жеткерип берилмекте.

Исбилермен жойбарға 10 миллион доллар инвестиция киргизип, 1 мың турақлы жумыс орнын жаратқан. Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққанда мәмлекетлик бюджетке жыллық түсим 25 миллиард сумды қурайды.

Жумысшылардың маманлығын арттырыў мақсетинде бул жерде дуал билимлендириў системасы енгизилген. Жаслар теориялық билимлерди тиккелей өндиристе әмелий билим алыў менен байланыстырып өзлестиреди.

Кәрханада өндирис процеси заманагөй стандартлар тийкарында шөлкемлестирилген. Қытайдың жетекши компанияларынан биринде ислеп шығарылған ең соңғы әўлад автоматластырылған конвейер үскенелери орнатылған. Барлық процесслер санлы басқарыў системасы арқалы қадағаланады.

Экологиялық талапларға да айрықша итибар қаратылды. Өндирис процесинде пайда болған шығындылар қайта ислеўге жибериледи, бул болса олардың қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў имканиятын береди.

Кәрхананың технологиялық имканиятлары айрықша итибарға ылайық. Бул жерде жасалма интеллект жәрдеминде ислейтуғын тигиў машиналары орнатылған. Интеллектуаллық система реал ўақыт режиминде гезлемениң түрине қарап тигиў процесин автоматикалық түрде өзгертип, жоқары анықлықта ҳәм таза тигиў сапасын тәмийинлейди. Буннан тысқары, гуманоид роботлардан тәжирийбе сыпатында пайдаланылмақта.

Кәрхана жылына 30 түрдеги 9,4 миллион дана жоқары сапалы трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Ислеп шығарылған өнимлердиң улыўма баҳасы 135,3 миллиард сумды қурайды. Өнимлердиң өзине түсер баҳасы ҳәм сапасы жақсы болғаны ушын Түркия, Вьетнам, Қытай ҳәм Ҳиндстанның жетекши ислеп шығарыўшылары менен бәсекилесе алады.

Кәрхананың жыллық экспорт потенциалы 10,5 миллион долларды қурайды. Әндижанда ислеп шығарылып атырған сапалы трикотаж өнимлери Россия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Румыния ҳәм Молдова базарларына жеткерип берилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы кәрхана жумысшылары менен қызғын сәўбетлести.

Усы жерде ўәлаятта жаслар менен ислесиў, оларды кәсип-өнерге ҳәм шет тиллерине оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.