Өзбекстан - Грузия стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 2-3-июль күнлери Грузияға мәмлекетлик сапарының жуўмақлары бойынша ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Еки мәмлекет парламентлери, министрликлери, уйымлары ҳәм исбилермен топарлары дәрежесиндеги байланыслар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў ҳәм қоспа кәрханалардың саны турақлы артып бармақта. Мәмлекетимизде грузин инвесторларының қатнасыўында шөлкемлестирилген санлы банк жумыс алып бармақта.

Товар алмасыў пәтин арттырыў, санаат кооперациясын алға қойыў, туризмди раўажландырыў, транспорт-транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақларын экономикалық бирге ислесиўге тартыў бойынша өз-ара муўапықласқан илажларды көриў әҳмийетли екени атап өтилди.