«NURA Electric» толық технологиялық цикл тийкарында жоқары ҳәм төмен күшлениўдеги электротехника үскенелерин ислеп шығарыўға қәнигелескен ири кәрхана болып есапланады. Оның жумысы энергетика тармағын жергиликли өнимлер менен тәмийинлеў, импортқа байланыслылықты азайтыў ҳәм тараўда санаат кооперациясын кеңейтиўге хызмет етпекте.

20 гектар майданда қурылған заводқа 50 миллион доллар инвестиция киргизилген. Бул жерде мыңнан аслам жумыс орны жаратылып, 1 мың 500 ден аслам өним ислеп шығарыў жолға қойылған. Атап айтқанда, 0,4-500 киловольт күшлениўге ийе бөлистириў қурылмалары, подстанциялар, қайта тиклениўши энергия дәреклери ушын автоматикалық шкафлары, электр шиналары ҳәм металл конструкциялар ислеп шығарылмақта. Кәрхананың жыллық қуўатлылығы 25 мыңнан аслам үскенени қурайды.

Завод заманагөй технологиялар менен үскенеленген. Атап айтқанда, Японияның «Amada» компаниясының санлы программалық басқарыўға ийе станок ҳәм пресслери, Түркияның «Durma» ҳәм «Teslabend» компанияларының жоқары технологиялық үскенелери орнатылған. Олардың улыўма саны 120 дан аслам.

Кәрхананың өндирис ҳәм басқарыў процесслери «SAP ERP» бирден-бир санлы платформасы арқалы муўапықластырылады. Процесслерди оптималластырыў, өндирис ҳәм комплектлеўши бөлеклерди локализациялаў есабынан өнимниң өзине түсер баҳасын 10 процентке шекем азайтыўға ерисилди.

Комплексте аккредитациядан өткен сынаў лабораториясы жумыс алып барады. Өнимлер «ISO» халықаралық стандартлары талапларына муўапық ислеп шығарылмақта. Кәрхана үскенелерди толық жыйнаўды шөлкемлестириў, өз лабораториясында өнимлерди сынаўдан өткериў, күни-түни сервис хызметин көрсетиў имканиятына ийе.

Маман инженер-техник кадрларды таярлаў мақсетинде "Өзэнергоинжиниринг" акционерлик жәмийети ҳәм Ташкент мәмлекетлик техника университети менен бирге ислесиў жолға қойылған. Ҳәр жылы университеттиң 100 ден аслам студенти кәрханада ҳақы төленетуғын өндирислик әмелиятын өтейди.

Мәмлекетимиз басшысы заводтың жергиликли шийки зат ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында ислеп шығарылған трансформатор станциялары, бөлистириў қурылмалары ҳәм басқа да энергетика үскенелери көргизбеси менен танысты.

Кәрхананың жумысы, өндирислик қуўатлықлары ҳәм келешектеги режелери бойынша презентациялар өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы завод жумысшылары менен сәўбетлесиў ўақтында олардың мийнет шараятлары менен қызықты, пикир-усынысларын тыңлады.

Президентимиз кәрхананың өндирис потенциалын ҳәм ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын жоқары баҳалап, ишки базарға өним жеткерип бериўди кеңейтиў, Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа да сырт ел базарларына экспортты көбейтиў, тараўға жоқары маманлықтағы жергиликли қәнигелерди тартыў бойынша усыныслар берди.

- Биз тек ғана өнимлер емес, ал инжиниринг хызметлерин де экспорт етиўимиз керек. Буның ушын мәмлекетимизде шөлкемлестирилип атырған жойбарлаў шөлкемлери ҳәм сынаў лабораторияларының потенциалынан кеңирек пайдаланыў зәрүр, — деди мәмлекетимиз басшысы.

Аўысық бөлеклер ҳәм комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыўдың түрин ҳәм көлемин арттырыў, сервис хызметлерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Энергетика тараўындағы жойбарларда локализациялаў дәрежесин арттырыў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди. Атап айтқанда, жойбарларды ислеп шығыўда жергиликли жойбарлаў институтларының үлесин кеминде 50 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

- Биз жергиликли жойбарлаўшыларға исенип, оларға шараят жаратыўымыз керек. Сырт елде билим алып, тәжирийбе арттырған жас қәнигелеримиз бар. Олардың әтирапына профессионал кадрларды бирлестирип, буйыртпа берип, бул тараўды раўажландырыў мүмкин, – деп атап өтти Президент.

Усы мақсетте аймақларда энергетика тараўына қәнигелескен жойбарлаў институтларының филиалларын шөлкемлестириў режелестирилген.