Әсирлер даўамында илим ҳәм мәденият раўажланған, уллы цивилизациялар бир-бирине тәсир еткен әййемги ҳәм мәңги жас Бухарада бүгин сиз, әзизлерди қутлықлап турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Форумды өткериў ҳаққындағы басламаны Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен мәкемелери, халықаралық шөлкемлер қоллап-қуўатлағаны ҳәм онда олардың ўәкиллери, соның ишинде, Азия мәмлекетлериниң парламент делегациялары, сенатор ҳәм депутатлары белсене қатнасқаны ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Бизге белгили, Азия халықларының тарийхы, мәденияты, қәдириятлары жақын ҳәм уқсас болып, бул региондағы бирлестириўши факторлардан бири, соның ишинде, ҳәр қыйлы миллетке тийисли ҳаял-қызларды өз-ара бирге ислесиўге ийтермелейди.
Бүгинги күнде Азияның дерлик бес миллиард халқының ярымын ҳаял-қызлар қурайды. Биз оларды тек ғана гөззаллық ҳәм нәзиклик емес, ал мәмлекетлеримиздиң раўажланыўын жеделлестириўге, халықлардың абаданлығын арттырыўға, әдалатлы дүнья қурыўға уқыплы үлкен дөретиўшилик күш деп билемиз. Сизлердиң жоқары профессионаллығыңыз, билим ҳәм бай тәжирийбеңиз, белсене бирге ислесиўге болған исенимли умтылысыңыз регионда ҳәм пүткил дүньяда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаўға хызмет етпекте.
Ҳүрметли дослар!
Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм турмыслық мәплерин тәмийинлеў, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў реформалардың тийкарғы бағдары етип белгиленген. Себеби, ҳаял-қызларға итибар - бул, бәринен бурын, инсан шахсына, оның қәдир-қымбатына болған итибардың жоқары көриниси болып есапланады. Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги рольин күшейтиў тек ғана сиясий ўазыйпа емес, ал еркин ҳәм абадан жәмийет қурыў процесинде избе-из демократиялық жаңаланыўдың ажыралмас бөлеги болып есапланады.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеўдиң беккем ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкары жаратылды. Жаңа редакциядағы Конституция ҳәм "Өзбекстан - 2030" стратегиясында ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, аналық ҳәм балалықты қорғаўдың конституциялық кепилликлери беккемленди.
Кең көлемли реформаларымыз нәтийжесинде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке, исбилерменлик тараўында 37 процентке, сиясий партияларда 49 процентке жетип, халықаралық рейтинглерде жетекши мәмлекетлер қатарына кирди.
Атап айтқанда, Парламентлераралық аўқамның "Парламенттеги ҳаял-қызлар" рейтингинде республика 193 мәмлекет арасында 35-орынға көтерилди.
Атқарыў ҳәкимияты системасында ҳәм орынларда өзин-өзи басқарыў уйымларында ҳаял басшылардың саны артып атырғаны олардың мәмлекетлик қарарларды қабыл етиў процесинде инклюзив қатнасыўын тәмийинлемекте. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде студент-қызларымыздың саны артып баратырғаны, соның ишинде, соңғы бес жылда магистратурада оқып атырған қызларымыздың саны 11 есеге көбейгени реформаларымыздың әҳмийетли стратегиялық нәтийжеси, деп билемиз.
Елимизде ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеў раўажланыўдың әҳмийетли бағдарларынан бири болып табылады. 2025-жылы 2,6 миллион ҳаял-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге жәрдем берилген. Өзбекстан Республикасы 2026-жылы "Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам" халықаралық индексинде өз позициясын 43 пунктке жақсылап, 190 мәмлекет арасында 48-орынды ийелегенин қанаатланыўшылық пенен атап өтемен.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Ҳәзирги қыйын заманда ҳаял-қызлардың экономикадағы қатнасыўын кескин кеңейтиў ҳәм үлесин арттырыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда олардың тәсирин күшейтиў, интеллектуаллық потенциалынан ақылға уғрас пайдаланыў әҳмийетли. Усы мүнәсибет пенен мәмлекетлеримиз исбилермен ҳаял-қызлары арасында көп тәреплеме шерикликти кеңейтиў, бизнес-форумлар ҳәм халықаралық тренинглер өткериўден мәпдармыз.
Исбилермен ҳаял-қызлардың имканиятларын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде турмысымызға жедел кирип киятырған жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды қолланыў көнликпелерин үйрететуғын, жаңа стартап жойбарларды қоллап-қуўатлайтуғын платформа жаратыў усынысын да алға қоймақтамыз.
Ертең пүткил дүньяда Халықаралық шаңарақ күни кеңнен белгиленеди. Соңғы жыллары Шығыс мәмлекетлеринде жәмийеттиң беккем таянышы болған шаңарақлық қәдирият ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў барған сайын әҳмийетли болып бармақта. Бул форум шеңберинде шаңарақ институтын изертлеў бойынша мәмлекетлеримизде илимий мәкемелер тармағын қәлиплестириў, алдынғы тәжирийбелерди алмасыў күтилген нәтийжелерди беретуғыны сөзсиз.
Улыўма етип айтқанда, бул форум келешекте барлық дәрежедеги қарарлар қабыл етиў процесслеринде Азияда ҳаял-қызлардың рольин арттыратуғын нәтийжели сөйлесиў майданына айланыўы сөзсиз. Бул бағдарда сизлер форум шеңберинде турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша жаңа баслама ҳәм идеяларды жедел алға қоятуғыныңызға беккем исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жумысыңызда жаңа жетискенликлер, форум жумысына үлкен табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти