Халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў, бәринен бурын, заманагөй
билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе болған маман қәнигелерге байланыслы. Соның
ушын Қарақалпақстанда шыпакерлер ҳәм орта медицина хызметкерлериниң маманлығын
системалы арттырып барыўға айрықша итибар қаратылмақта. Жаңа академия
халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы технологиялар тийкарында медицина кадрларын
қайта таярлаўдың таяныш орайына айланады.
Мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 24-декабрьдеги қарарында аймақтағы
медицина мәкемелерин жеке меншик секторды тартқан ҳалда, илим, билимлендириў
ҳәм әмелиятты бирлестирип, бирден-бир инновациялық кластерге айландырыў
ўазыйпасы белгиленген еди.
Усы мақсетте 4,6
гектар майданда улыўма баҳасы 154 миллиард сумлық заманагөй комплекс қурылып,
80 жаңа жумыс орны жаратылды.
Академияда жылына
3 мың шыпакер, 6 мың 800 орта медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң
маманлығын арттырыў имканияты жаратылады. Буннан тысқары, бул жерде ҳәр жылы
Аралбойы регионынан 100 ге шамалас клиникалық ординаторлар таярланады.
Олардың оқыўы ҳәм
жасаўы ушын барлық шараят жаратылған. Алыс аймақлардан келип ислейтуғын
қәнигелер ушын 72 орынлық заманагөй мийманхана жумыс алып бармақта.
Әмелий
көнликпелерди раўажландырыў ушын 18 симуляциялық хана шөлкемлестирилген. Оларда
50 ден аслам бағдар бойынша билимлендириў шөлкемлестирилип, 100 ден аслам
медициналық әмелият түрлери бойынша халықаралық стандартлар тийкарында
қәнигелер таярлаў имканияты жаратылған.
Мәкеме заманагөй
медициналық технологиялар менен үскенеленген. Атап айтқанда, бул жерге Орайлық
Азияда бирден-бир болған «Edge Medical» хирургиялық роботы орнатылған. Ол тек
ғана симуляциялық оқыў сабақларын өткериў емес, ал реал клиникалық шараятларда
жоқары анықлықтағы аралықтан операцияларды әмелге асырыў имканиятын береди.
Академия абырайлы
сырт ел медицина орайлары ҳәм жетекши университетлери, соның ишинде, Питтсбург
университети (АҚШ) ҳәм Германияның Фрайбург университети менен бирге ислеседи.
Халықаралық оқыў курслары ҳәм биргеликтеги илимий изертлеўлер шөлкемлестирилди,
телемедицина ҳәм санлы билимлендириў технологиялары енгизилди.
Мәмлекетимиз
басшысы әмелий сабақлар өткерилетуғын ханаларды көзден өткерди, студентлер ҳәм
тараў хызметкерлери менен сәўбетлести.