Климат бойынша глобал саммит жумысында мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының басшылары, жоқары дәрежедеги делегациялар қатнасады.

Илаж күн тәртибинен БМШтың Климат өзгериўи ҳаққындағы рамкалы конвенциясының тийкарғы қағыйдаларын әмелге асырыў, заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў, "жасыл" раўажланыў мақсет ҳәм ўазыйпаларын алға қойыў бойынша кең халықаралық бирге ислесиў мәселелери орын алған.

Мәмлекетимиз басшысы саммиттиң жалпы сессиясында шығып сөйлейди, бир қатар еки тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткереди.

Өзбекстан БМШтың Шеңбер конвенциясына 1993-жылы қосылғанын атап өтиў керек. 2018-жылы мәмлекетимиз Париж келисими қатнасыўшысы болды.