Ушырасыўда әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм тийкарғы қоспа жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў мәселелери додаланды.
Кейинги жылларда Саудия компанияларының Өзбекстан базарына қызығыўшылығы артып бармақта. Нәтийжеде "жасыл" энергетика, заманагөй инфраструктура, жоқары технологиялар, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тармақларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Тәреплер ерисилген келисимлерди өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў арқалы еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин тастыйықлады.
Ушырасыў соңында саудиялы инвесторлар Өзбекстанда инвестициялық жумыс ушын жаратылған қолайлы шараятлар ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдирди.