Бул ҳаққында Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов мәлим етти.

Мәжилисте АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио менен еки мәмлекет басшылары арасында ерисилген келисимлерди толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў, саўда ҳәм инвестицияларды кеңейтиў, энергетика, әҳмийетли минераллар және алдынғы технологиялар тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, билимлендириў, мәдений-гуманитарлық байланыслар ҳәм қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды.

Бахтиёр Саидовтың атап өтиўинше, жаңа сөйлесиў механизминиң иске қосылыўы еки тәреплеме қатнасықларды избе-из раўажландырыў, өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ушын әҳмийетли тийкар жаратады.

Еки тәреплеме сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов ҳәм АҚШ Мәмлекетлик хаткери Марко Рубио "Артемида келисимлери"не қол қойды.

Бул ҳүжжет Ай, Марс, кометалар ҳәм астероидлардан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў және оларды изертлеў бойынша халықаралық бирге ислесиў принциплери белгилейди.

Келисим Өзбекстанның NASA ҳәм онда қатнасыўшы басқа да мәмлекетлердиң космослық агентликлери менен бирге ислесиўин кеңейтиў, миллий кадрларды таярлаў ҳәм космослық технологиялар трансфери ушын жаңа имканиятлар жарататуғыны күтилмекте.

Өзбекстан "Артемида келисимлери"не қол қойған 77-мәмлекет болды.