Сөйлесиў алдында БМШ Бас хаткери мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан
халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен қызғын қутлықлап,
тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.
БМШ ҳәм оның институтлары менен бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм
беккемлеў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы Антониу Гутерриштиң Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы көп
қырлы бирге ислесиўди раўажландырыўға қосқан жеке үлесин жоқары баҳалады. Бас хаткердиң
Шөлкем системасын реформалаў бағдарындағы басламалары қоллап-қуўатланды.
Жедел сөйлесиў
ҳәм сапарлар алмасыўы, Өзбекстанның БМШ сайланған уйымларының жумысындағы
қатнасыўы кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жыллары
мәмлекетимиздиң басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясының 15 резолюциясы қабыл
етилди.
Антониу Гутерриш
Өзбекстанның Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўдағы жоқары
жетискенликлерин қоллап-қуўатлады. Бул бағдарда буннан былай да жедел бирге
ислесиўге таяр екенлиги тастыйықланды.
Сөйлесиўде
халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир
алысылды. Сондай-ақ, болажақ қоспа илажлар режеси көрип шығылды.