Кейинги жыллары ўәлаятта
исбилерменлик ҳәм инвестиция ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар санаатты
раўажландырыў, жаңа өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигин
тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Мәресимде улыўма баҳасы 9
миллиард 400 миллион долларлық 206 жойбар таныстырылды. Баҳасы 2 миллиард 50
миллион долларлық 98 жойбар иске қосылып, улыўма баҳасы 7 миллиард 350 миллион
долларлық 108 жойбардың қурылысы басланған.
Бул жойбарлар энергетика,
қурылыс, тоқымашылық, машина қурылысы, билимлендириў, туризм, логистика,
фармацевтика, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларды қамтып
алған. Олар ўәлаяттың барлық 16 қала ҳәм районында енгизиледи.
Атап айтқанда, пахта-тоқымашылық кластери, электр
энергиясын сақлаў ҳәм бөлистириў системасы, мебель ҳәм былғары аяқ кийим санаат
зоналары, электробуслар, қуяш панельлери ҳәм киши гидроэнергетика үскенелерин
ислеп шығарыў жолға қойылды, заманагөй билимлендириў ҳәм медицина орайлары иске
қосылды.
Жаңа жойбарларды әмелге асырыў шеңберинде заманагөй
турақ жай комплекслери, халықаралық логистика ҳәм туризм орайлары, гидроэлектр
станциялары, шығындыларды термикалық қайта ислеў арқалы электр энергиясын ислеп
шығарыў кәрханалары, транспорт қураллары ҳәм жүк вагонларын ислеп шығарыў
бойынша жаңа өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў режелестирилген.
Жойбарлар Қытай, Түркия, Қубла Корея, АҚШ, Россия,
Беларусь, Германия, Ҳиндстан, Бирлескен Араб Әмирликлери, Тәжикстан
компаниялары ҳәм жергиликли инвесторлар менен биргеликте әмелге асырылмақта.
Бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 45
мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылады, жыллық өндирис көлеми 60,6 триллион
сумды қурайды. Экспорт потенциалы 533 миллион долларға жетеди.
Мәресимде видеобайланыс арқалы ўәлаяттың барлық қала
ҳәм районларынан жуўапкерлер, сырт елли бирге ислесиўшилер ҳәм жойбарлардың
интакерлери қатнасты. Олар жойбарлардың әҳмийети, орынланыўы ҳәм пайдаланыўға
тапсырыў мүддетлери ҳаққында мағлыўмат берди.
Мәмлекетимиз басшысы бул басламаларды әмелге асырыўда
қатнасып атырған сырт елли шериклер ҳәм жергиликли исбилерменлерге
миннетдаршылық билдирди.
Президентимиз рәмзий түймени басып, 98 жаңа жойбарды
иске қосып, 108 объекттиң қурылысына старт берди. Буннан кейин ўәлаяттың
инвесторлары ҳәм белсендилери менен сөйлести.