Ушырасыў алдынан Серджио Гор Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35
жыллығы менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Дональд
Трамптың сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм
жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сиясий сөйлесиў,
парламентлераралық ҳәм аймақлараралық байланыслардың унамлы пәти, сондай-ақ,
саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўдиң избе-из кеңейип атырғаны
қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Тийкарғы
бағдарларда, соның ишинде, энергетика, транспорт, әҳмийетли пайдалы қазылмалар,
санлы технологиялар, жасалма интеллект, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўларда
қоспа жойбарлар менен басламаларды буннан былай да алға қойыў әҳмийетли екени
атап өтилди.
"С5+1"
форматы шеңбериндеги болажақ илажларға ҳәм Өзбекстан - АҚШ Исбилерменлер ҳәм
инвестициялар кеңесиниң гезектеги мәжилисине пуқта таярлық көриўге айрықша
итибар қаратылды.