Мәмлекетимиз басшысына Оман Султанлығы Бас министриниң орынбасары Зеязин бин Ҳейсам Ол Саид шериклик етти.

«Made in Uzbekistan» көргизбесинде мәмлекетимиздиң таў-кән ҳәм металлургия санааты, электротехника ҳәм электроника, энергетика, транспорт, логистика ҳәм авиация тармақлары, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санаатында ерисилген жетискенликлер, оларда ислеп шығарылып атырған таяр өнимлер, Жаңа Ташкент қаласын қурыў режелери көрсетилмекте.

Еки мәмлекеттиң ири компаниялары биргеликтеги жойбарларды таныстырып, оларды әмелге асырыў бойынша мәлимлеме берди.

Президентимиз Өзбекстан ҳәм Оман жетекши кәрханалары арасында кооперацияны, тәжирийбе ҳәм технологиялар алмасыўды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.