Бүгин пайтахтымыздағы Халықаралық конгресс орайында усы сыйлықларды
салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти. Илажда Президент Шавкат Мирзиёев
қатнасты.
Мәресимде шығып сөйлеген мәмлекетимиз басшысы мәмлекеттиң қүдирети тек
ғана экономикалық көрсеткишлер менен емес, ал руўхыйлық, мәденият, әдебият ҳәм
көркем өнер менен белгиленетуғынын атап өтти.
- Бай әдебияты, жүрекке жақын музыкасы, мазмунлы театры, күшли ҳәм
илҳамландырыўшы кинематографиясы, тартымлы көркем өнери бар миллеттиң ҳаўазы дүняда
бәрқулла абырайлы болады, - деди Президент.
Усы мүнәсибет
пенен Жаңа Өзбекстанды қурыў процесинде инсанды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан
тәрбиялаўға хызмет ететуғын мәдений мәкан жаратылып атырғаны атап өтилди. Бул
процессте зиялылар, жазыўшы ҳәм шайырлар, мәденият ҳәм көркем өнер
ғайраткерлери, креатив индустрия ўәкиллериниң орны шексиз екени атап өтилди.
Президент Шавкат
Мирзиёев дөретиўшилердиң пидәкерлик мийнети себепли жәмийетте миллий сана-сезим
беккемленип, халықтың дүньяға көзқарасы кеңейип атырғанын, жаслардың қәлбинде
жақсылық, ўатансүйиўшилик ҳәм адамгершилик қәдириятлары барған сайын терең
орнап атырғанын айрықша атап өтти.
Мәмлекетимиз
басшысы мәденият, көркем өнер ҳәм әдебият тараўының 167 атақлы ғайраткериниң
жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғанын қанаатланыўшылық пенен атап
өтти. Олардың арасында өзиниң көп жыллық жемисли мийнети менен халқымыздың
мәдений-көркем ҳәм интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўға үлкен үлес
қосқан жазыўшы ҳәм шайырлар, қосықшы ҳәм сазенделер, аяқ ойын көркем өнериниң
шеберлери, опера атқарыўшысы ҳәм композиторлары, театр, кино ҳәм цирк
ғайраткерлери, бақсы ҳәм аския шеберлери, өнермент ҳәм художниклер, мәдений
мийрас мәкемелери, музей ҳәм китапханалардың хызметкерлери, педагог ҳәм
устазлардың бар екени бәршемизге мақтаныш бағышлайды.
Соның менен
бирге, дүньядан өтип кеткен, бирақ өзиниң сөзи, қосық ҳәм намалары,
дөретиўшиликке бағышланған пүткил өмири менен халық қәлбинде жасап киятырған
белгили әдебият, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң жарқын естелигине
терең ҳүрмет көрсетилди. Олардың 24 и мәмлекетлик сыйлықларға миясар болды.
- Елимиздеги ҳәр
бир инсанның хызметлерин, ҳәттеки, ол дүньядан өтип кеткен болса да, мүнәсип
қәдирлеў - бизиң руўхый миннетимиз болып есапланады. Бул ата-бабаларымыздың
ҳүрметин жоқары қоятуғын халқымыздың руўхый қәдириятларына үнлес болып
есапланады,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәресимде
Президентимиз сыйлықланғанларға ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальларды салтанатлы
түрде тапсырды.
Мәмлекетимиз
басшысы сыйлықланғанларды пүткил халқымыз атынан қызғын қутлықлап, бундай
жоқары итибар оларды жаңа дөретиўшилик жетискенликлерге руўхландыратуғынына
исеним билдирди.
Мәденият ҳәм
көркем өнер ғайраткерлери жоқары ҳүрмет ҳәм итибар, мәдениятты раўажландырыў,
дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў бағдарында жаратылып атырған кең имканиятлар
ушын миннетдаршылық билдирди.