Пайтахт аэропортында мәмлекетимиз басшысын Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Сапар бағдарламасына муўапық, Өзбекстан жетекшиси бақлаўшы мәмлекет басшысы статусында Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.