Бәринен бурын, армияның жаўынгерлик таярлығын арттырыў, жеке қурамның билимлендириўи ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бойынша жаңа системаны енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында есап берилди.

Атап айтқанда, әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын сақлаў мақсетинде комплексли стратегиялық ҳәм сәркардалық-штаблық оқыўлар, жыйынлар, дала шығыўлары ҳәм оқыў курслары турақлы түрде өткерилип атырғаны атап өтилди. Бунда жеке қурамда руўхый-ағартыўшылық турақлылық, реал жаўынгерлик жағдайда қорқыў ҳәм сезимлерди басқара алыў, ҳәрекет етиў сыяқлы әҳмийетли жаўынгерлик пазыйлетлерди қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Заманагөй жаўынгерлик ҳәрекетлерди таллаўды есапқа алған ҳалда барлық оқыў-шынығыў ҳәм сабақларда жаўынгерлик ҳәрекетлердиң жаңа усыл ҳәм түрлери өзлестирилип атырғаны, бөлимшелердиң ҳәрекетшеңлигин, жаўынгерлик имканиятларын ҳәм белгиленген ўазыйпаларды еркин орынлаў қәбилетин арттырыў бойынша тийисли илажлар көрилип атырғаны мәлим етилди.

Елимизде ҳәр жылы 9-май - Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы сыпатында кеңнен белгиленетуғыны Өзбекстанда тынышлықты сақлаў, ғәрезсизликти беккемлеў, Ўатан азатлығы жолында қурбан болғанлардың естелигин мәңгилестириў, ҳәзирги ўақытта жасап атырған урыс ҳәм мийнет ветеранларына ғамхорлық көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған сиясаттың әмелий көриниси болып есапланады.

Быйылғы байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыстың ҳәр бир қатнасыўшысы ҳәм майыбына 30 миллион сумнан бир мәртелик ақшалай сыйлық бериў усыныс етилди.

Буннан тысқары, бул күнде урыс қатнасыўшылары, мийнет фронты ветеранлары, кексе әўлад ўәкиллери ҳәм устазларына айрықша итибар ҳәм ҳүрмет көрсетиў, жалғыз баслы ҳәм кем тәмийинленген ветеранлардың турақ жайларын абаданластырыў, ҳәр қыйлы еслеў ҳәм салтанатлы илажлар өткериў режелестирилген. Ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған Ўатанымыздың садық перзентлериниң естелиги мәңгилестириледи. Олардың шаңарақларына материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиледи.

Ўатанымыз тынышлығы ҳәм татыўлығы жолында жанын пидә еткен әскерий хызметкерлердиң мәртлигин улығлаўға қаратылған руўхый-ағартыўшылық ҳәм ўатансүйиўшилик илажлары өткерилиўи режелестирилген. "Пурсат, мәртлик, жигерлилик!" сүрени астында мәмлекетимиз бойлап мәдений-ағартыўшылық илажлар, үш әўлад ушырасыўлары, дөретиўшилик кешелер, таңлаўлар ҳәм ғалабалық спорт жарыслары шөлкемлестириледи.

Резерв ҳәм запастағы офицерлерди таярлаў системасын жаңа басқышқа алып шығыўға қаратылған қосымша илажлар көрип шығылды. Атап өтилгениндей, дүньяда жүз берип атырған әскерий келиспеўшиликлердиң анализи урыс дәўириниң мобилизациялық талапларын есапқа алған ҳалда, тынышлық дәўиринде таярланған офицерлер резервин қәлиплестириў ҳәм оларды әскерий қәнигеликлер бойынша дурыс бөлистириў әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенин көрсетпекте.

Ҳәзирги ўақытта 4 пуқаралық ҳәм 2 жоқары әскерий билимлендириў мәкемесиниң әскерий оқыў орайлары ҳәм факультетлеринде 42 қәнигелик бойынша резерв ҳәм запасттағы офицерлер таярланбақта. Буннан тысқары, Үргенш, Термиз ҳәм Әндижан мәмлекетлик университетлери, Самарқанд экономика ҳәм сервис институты және Әндижан мәмлекетлик медицина институтында және 5 әскерий оқыў орайын шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

Соның менен бирге, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелеринде резерв ҳәм запастағы офицерлерди "Шақырыўға шекемги әскерий билимлендириў" бағдары бойынша үш жыллық бакалавриат тәлим бағдары тийкарында таярлаў системасы енгизиледи. Әскерий медицина институтында биринши мәрте әскерий таярлықтан өтиў тилегин билдирген клиникалық ординатура ҳәм магистратураға оқыўға кирген студентлер ушын төлемли-контракт тийкарында оқыў шөлкемлестириледи. Бундай имканият мәмлекетлик емес жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ушын да жаратылады.

Сондай-ақ, жасалма интеллект, дронлар, робототехника сыяқлы заманагөй ҳәм айрықша қәнигелескен, бүгинги күнде талап жоқары болған бағдарлар бойынша резервтеги офицерлер таярлаў жолға қойылады. Әскерий таярлық бөлимлери ушын алдынғы сырт ел армияларының тәжирийбеси тийкарында жаңа оқыў реже ҳәм бағдарламалар ислеп шығылады.

Әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Президентимиз, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы басшылығында усы жылдың 13-январь күни болып өткен Қәўипсизлик кеңесиниң мәжилисинде бул тема әҳмийетли ўазыйпалардан бири сыпатында атап өтилди.

Атап айтқанда, Қорғаныў министрлиги офицерлериниң көп жыллық хызметлери ушын ҳәр айлық үстеме муғдарын 2 есеге арттырыў, контракт бойынша әскерий хызметти өтеп атырған әпиўайы хызметкерлер ҳәм сержантлардың ақшалай тәмийнатын 10 процентке арттырыў усыныс етилди.

Президентимиз усынысларды қоллап-қуўатлап, олардың әмелге асырылыўы әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаўды және де күшейтиўге, әскерий хызметтиң абырайы ҳәм тартымлылығын арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти. Жуўмақлары бойынша тийисли ҳүжжетлерге қол қойылды.