Мәмлекетимиз басшысы ўатанласларымыз бенен сәўбетлесип, олардың турмысы, оқыўы, келешектеги режелери менен қызықты.
- Сизди және көргениме қуўанышлыман. Қайсы жерде болсаңыз да, бир минут ўақытыңызды бийкарға өткермең. Бәрқулла илимге, билимге, жаңалықты үйрениўге умтылың. Бул сизлердиң жанажан Ўатанымыз – уллы Өзбекстанымыздың келешегине қосқан үлесиңиз болады, – деди Президент.
Ушырасыўда жасларға қаратылып атырған итибар мәмлекетимиздиң узақ мүддетли раўажланыў перспективалары менен байланыслы екенлиги атап өтилди. Мәмлекетимиз басшысы уллы ата-бабаларымыздың илимий мийрасы ҳәм тарийхый қәдириятларды тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтип, ўатанласларымыз Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына жәрдемлесетуғынына исеним билдирди.
- Мен бәрқулла ўатанласларымызды ойлайман. Биз Өзбекстанда сизлердиң абадан жасаўыңыз, Ўатанға қайтыўыңыз ҳәм оның раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўыңыз ушын барлық шараятларды жаратыўға ҳәрекет етпектемиз. Илимий жумыс ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтпектемиз, турақ жай шараятларын жақсылап атырмыз, – деди Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм ўатанласларымызға табыслар тиледи.