Ушырасыўда Татарстан, Башқуртстан, Ленинград, Киров, Иркуцк, Омск ўәлаятлары ҳәм Россияның бир қатар жетекши компанияларының басшылары да қатнасты.

Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз жетекшисине Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстан Президенти 35 мәмлекеттен 10 мыңнан аслам бизнес ўәкиллериниң қатнасыўында алтыншы "ИННОПРОМ" көргизбеси табыслы шөлкемлестирилгени ҳәм өткерилип атырғанын қоллап-қуўатлады.

Жоқары дәрежеде, бәринен бурын, саўда-экономикалық тараўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Саўда көлеми турақлы артып атырғаны, санаат, тыныш атом, энергетика, транспорт, металлургия, химия ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарлар табыслы әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў пәтин сақлап қалыў ҳәм тийкарғы тармақларда, соның ишинде, санаат зоналары шеңберинде кооперация жойбарларын жеделлестириўге қаратылған муўапықласқан илажларды көриў, аймақлар ҳәм бизнес дәрежесиндеги жедел сөйлесиўлерди даўам еттириў әҳмийетли екени атап өтилди.

Аўыл хожалығы машина қурылысы, энергия нәтийжелилиги, суў хожалығы, киберқәўипсизлик ҳәм жасалма интеллект сыяқлы перспективалы бағдарлардағы режелер қоллап-қуўатланды.

Қоспа техникалық жоқары оқыў орынлары тийкарында экономиканың әҳмийетли тармақлары ушын инженер кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Сондай-ақ, ушырасыў шеңберинде Россия аймақлары ҳәм компанияларының басшылары мәмлекетимиз жетекшисине ҳәр қыйлы тармақларда жаңа жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелерди усынды.