Завод елимиздеги ең ири жанылғы өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардан бири. Бул жерде 3 мың 200 ден аслам қәниге мийнет етпекте. Усы жылдың тоғыз айында улыўма баҳасы 12,1 триллион сумлық 1,36 миллион тонна нефть өнимлери ислеп шығарылған. Өним ҳәм хызметлер экспорты 99,5 миллион долларды қураған. Жылдың ақырына шекем бул көрсеткишти 116 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысына усынылған модернизациялаў жойбары шийки затты қайта ислеў көлемин арттырыў, сондай-ақ, жоқары октанлы бензин ислеп шығарыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылған. Жойбардың улыўма баҳасы 328 миллион долларды қурайды.

Оның шеңберинде нафтаны гидротозалаў ҳәм изомерлеў үскенелерин орнатыў режелестирилген. Гидротазалаў процесинде шийки зат қурамындағы күкирт ҳәм басқа араласпалар азаяды. Изомерлениў болса нефтьтиң жеңил фракцияларынан алынатуғын бензиннин октан санын арттырыў имканиятын береди. Бул процесслер Евро-5 экологиялық стандартына сәйкес AИ-92 ҳәм AИ-95 маркалы бензин ислеп шығарыўды көбейтиўде әҳмийетли.

Жойбарда шийки затты фракцияларға ажыратыў ҳәм аўыр қалдықларды терең қайта ислеў процесслерин жетилистириў де нәзерде тутылған. Нәтийжеде заводтың жыллық қайта ислеў қуўатлылығы және 2,5 миллион тоннаға артып, 5 миллион тоннаға жетеди. Қайта ислеў ҳәм таяр өним ислеп шығарыў көлеминиң артыўы ишки базардың тәмийнатын беккемлеў ҳәм экспортты арттырыў имканиятын береди.

Президентимиз модернизациялаў жумысларын белгиленген мүддетлерде ҳәм жоқары сапа стандартлары тийкарында әмелге асырыў, енгизилип атырған жаңа үскенелерди әмелдеги өндирис процесслери менен байланыстырыў ҳәм кәрхананың турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берди, жойбарда қатнасып атырған сырт ел компанияларының ўәкиллери менен сәўбетлести.