Буннан тысқары, көп қырлы ҳәм узақ мүддетли шерикликтиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алған еки тәреплеме ҳүжжетлер топламына қол қойылды. Олардан:

- Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим шеңберинде товарлар дизимин кеңейтиў ҳаққында протокол;

- Социаллық тәмийнат ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим ҳәм оны әмелге асырыў бойынша ҳәкимшилик келисим;

- 2022-жыл 29-марттағы Мәмлекетлик шегаралар арқалы товарлар ҳәм транспорт қуралларын алып өтиў ҳаққында алдыннан мәлимлеме алмасыў ҳаққындағы протоколға өзгерислер киргизиў ҳаққында қосымша протокол.

Қол қойылған ҳүжжетлер саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, исбилермен топарлар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, еки мәмлекет пуқараларының социаллық ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеўге қаратылған.