Неге усыншама итибарсызлық, жуўапкершиликсизлик болады, деп ҳайран қалғанбыз. Бундай умытылыўлардың нәтийжеси гейде денсаўлықты, гейде өмирди жоғалтыў менен тамамланған.
Ҳәй-ҳәй, тилекке қарсы, соңғы ўақытлары умытылыўлардың жаңалары, оригиналлары пайда болды...
Жеңил машина ямаса жолаўшы тасыўға бейимлестирилген киши автобуслардың ишинде жайласқан бес-он адам ғана қәлесе-қәлемесе, бир-бирин көрип турады, билип-билмей шеригине тийип кетиўи мүмкин. Бундай машиналардан түсип баратырып, бәлким, алақандай нәрсе қалтаныздан суўырылып түсип кеткенин сезбеўиңиз мүмкин, бирақ жаныңызда сизге қарап турған, дем алып атырған, қушақласаң баўырыңызды толтырыўы мүмкин болған үш жасар қызды, ҳәттеки уйқылап қалған болса да, қалай умытып кетиў мүмкин? Буның ушын, мениңше, я өзиңизди ҳәм әтирапыңызды көрмейтуғын, сезинбейтуғын дәрежеде руўхый саламат емес болыўыңыз яки инсан қәдирин аяқ асты ететуғын дәрежеде дүньялық ҳәўеслер жолында асығып, адасып, әтираптан пүткиллей ажыралған болыўыңыз керек... Және билмедим.
Қулласы, социаллық тармақларда тарқалған хабарларға бола, усы жылдың 4-июнь күни Қашқадәрья ўәлаятының Қамаши районында айдаўшы А.О. ҳәм тәрбияшы Н.Ж. азанда бақшаға алып кетип атырған 3 жасар қызды машинада қалдырып кетип, қайтыс болыўына себепши болған.
Аўа, сол бақшада да, сөзсиз, ҳәр күни қағазларда болса да, "Балалар - бизиң келешегимиз", "Балаларды жан-тәнимиз бенен жақсы көремиз" делинсе керек...
"Әдепти әдепсизден үйрен", деген нақыл бар халқымызда. Әйне усындай апатшылық ўәлаяттың Косон районында жүз бергенге еле бир жыл да болмаған. Сонда да бақша апа бақшаға алып келген қызалақты жеңил машинасының ишинде қалдырған, ыссыдан ҳәм және Аллаға ғана мәлим болған руўхый азап, қорқынышлардан қызалақ жан тапсырған.
Уламалар парасатлы адам бир қуўыслықтан шыққан жыланға өзин еки мәрте шақтырмайды дейди. Ақыл-ҳуўшы, парасаты, жуўапкершилиги, аналық, ҳаялық пазыйлетинен айырылмаған ҳәр қандай бақша апалары, бақша басшылары, тәрбияшылар ушын бул оғада ашшы ибрат, күнделикли жумысы ушын сабақ болыўы шәрт еди. Сол ўақытта ўәлаят мектепке шекемги билимлендириў дәргайларына жуўапкер болғанлар бундай жағдайлар қайталанбаўы ушын қандай илажлар көргенин билмеймиз, бирақ "көрилген ямаса көрилмеген илажлар"дың жаңа ашшы "мийўасы писип" төгилди...
Сораўлар көлденең келип атыр. "Аўзы күйген қатықты да үплеп ишеди", дейди. Бурынғысына дерлик бир тамшы суўдай трагедия және тәкирарланды ғой. Машинаның ишиндеги баланы көрмей қалай түсип кетиў мүмкин? Ақыры, қой, қоян, ҳәтте жансыз зат тасылса да санап жүкленеди, санап түсирип алынады ғой?! Яқшы, түсиниўге ҳәрекет етейик: бәлким бала орынлықтың астында уйықлап қалған шығар. Сонда да, тап усы баланың бақша апасы "не ушын пәленше келмеди?" деп машина айдаўшысынан, оның менен бирге келген және биреўден, ҳеш болмаса, баланың ата-анасынан сорамайды.
Мағлыўматларға қарағанда, айдаўшыға жынаят иси қозғатылған, жеке меншик бақша жабылған. Мейли, айдаўшыға нызамға муўапық шара көриледи - соның менен тамам ба? Кеўлимиз қәтержам бола ма?
Егер көз алдында турмаса, тәрбияланыўшысын күн бойы еслемейтуғын, жоқлап қоймайтуғын бақша апалары ҳәм усындай хызметкерлерге балалардың тәғдирин исенип қойған бақша басшылары, бала өлиминдей трагедиядан да дурыс жуўмақ шығарып, ҳәзирги жағдайлар қайталанбаўы илажларын көрмеген система басшылары бул ўақыяларға пүткиллей байланысы жоқ па?
Биз ше? Көзимиздиң ағы-қарасы, жан-жатымыз, өмиримиздиң бийбаҳа байлығы ҳәм аманатымыз, булақ суўындай пәк, қорғаўға мүтәж балаларымызды уйқыламағаны, аўқат жемегени, шоқлығы ушын сөгетуғын, уратуғын ҳәм ҳәттеки, апатшылықларына тиккелей себепкер болып атырған бақша апалары, олардың басшыларының қолына исенип тапсыра беремиз бе?
Көпшиликке пикирлерим аўыр батыўы тәбийғый. Ата-ана азанда үйинен ойнап-күлип шығып кеткен ул, қызының суўық денесин қушақлаўы бир шаңарақтың өмирине татыйтуғын мүсийбет, жәмийеттиң теңсиз жоғалтыўы. Бала қәлбиниң жараланыўы, шөгиўи, жалғызланыўы, қорқақ болып қалыўы халық ҳәм ўатан келешегиниң бәркамаллығын, руўхый күшин, ақылый потенциалын, имканиятларын, ғайратын кеседи, жемиреди. Баланы ана қәлби менен жақсы көрмейтуғынлар бақшада ислеўге ҳақысы жоқ!
Мектепке шекемги билимлендириў тараўында тәжирийбем жоқ, қәниге де емеспен. Бирақ ана, апа сыпатында кеўлимнен бир пикир өтти. Биз информация, техника ҳәм компьютер раўажланган әсирде жасап атырмыз. Солай екен, бақша тәрбияланыўшылары ҳәм мектеплердиң баслаўыш класс оқыўшылары базасын дүзип, олардың азанда, түсте, кеште қай жерде екени, не менен шуғылланып атырғаны ҳаққында мағлыўмат беретуғын бағдарламалар жаратыў ҳәм бақшаларда, мектеплерде енгизиў ўақты келди, деп ойлайман. Сонда жоқарыдағы сыяқлы апатшылықлардың алды алынады, ата-аналар үйинде қәўетерсиз отырады, деп ойлайман.
Муҳтарама УЛУҒОВА,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери